Ташкент қаласындағы "Жаңа Өзбекстан" паркине тутас қурылған заманагөй мийманханалар комплекси усы жумыслардың логикалық даўамы болып есапланады.
Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы қурылыс пенен танысыў ўақтында усы имаратларды да көзден өткерди.
Бир ўақытлары қараўсыз жатқан мәнзиллер бүгин абат мәканға айланған. 8 гектардан аслам майданда 12 заманагөй мийманхана, 375 орынлық "Жаңа Ташкент" конференция залы, 310 орынлық ресторан, саламатландырыў орайы ҳәм ашық спорт майданы қурылған.
Мийманханаларға Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлар аты берилген. Олар 3 жулдызлы болып, 5 қабаттан ибарат, 62 хана ҳәм 124 орынға ийе. Комплекс бирден-бир концепция тийкарында жумыс алып барады ҳәм оның басқарыўы халықаралық тәжирийбеге ийе “Leo Hospitality Solutions”, “Radisson Individuals”, “Trademark Collection by Wyndham” сыяқлы абырайлы компанияларға тапсырылады.
Жеке меншик банклер усындай комплекслердиң басқарыўына шерик болып кириў усынысын билдирди. Мәмлекетимиз басшысы хызмет тараўларының кеңейиўи, орынларда заманагөй орынлардың көбейиўи халықтың абаданлығына үлес қосатуғынын атап өтти.
Мийманханалар ресторан, әнжуманлар залы ҳәм дем алыў орынлары менен үйлесикли қурылғаны хызмет көрсетиў көлемин арттырады. Бул жерде жоқары дәрежедеги илажлар ҳәм ири халықаралық әнжуманлар өткерилиўи де мүмкин.
Комплексте 540 жаңа жумыс орны жаратылып, жылына орташа 55 мың туристке хызмет көрсетилиўи нәзерде тутылған. Бул жер жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын және бир локация, Ташкент үлкесинде туризмниң раўажланыўы ушын қосымша стимул болады. Комплекстиң қурылысынан кейин әтираптағы мәҳәллелердиң инфраструктурасы да жақсыланып, халықтың абаданлығы тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы комплексте хызмет түрлерин көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў, жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди тартыў мәселелерине итибар қаратты. Бундай көп тармақлы хызметлерди басқа аймақларда да кеңнен жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.