Атап өтилиўинше, ыссы бираз пәсейиўине қарамастан, ертең Өзбекстан аймағы бойынша күндизги күнлери 38-40 дәреже әтирапында, республика қубласында 41-43 дәрежеге шекемги болған салыстырмалы жоқары ҳаўа температурасы сақланып қалады.

Екшемби күни ҳаўа сезилерли дәрежеде салқынласады, температура 34-37 дәрежеге шекем, қублада 38-39 дәрежеге шекем төменлейди.

Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша жаўын-шашын күтилмейди. Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте: ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал бираздан орташа тезликке шекем еседи.

Ҳаўаның температурасы күндиз 25-26-июльда 38-40 градус, 27-июльда 35-37 градус, түнде болса тийкарынан 22-25 градус болады.