Жаңа ҳәптеде температурада үлкен өзгерислер күтилмейди - Өзгидромет

    28 шілде 2025 1882

    27-июль күнинен баслап Өзбекстан аймағына алдынғы ҳәптеге салыстырғанда бираз жыллы ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келе баслады. Күндизги температура айырым аймақларда 34-37 дәрежеге шекем төменледи.

    Бул көрсеткиш июль айының ақыры ушын бақланып атырған нормаларға жақын есапланады.

    Бирақ, ығаллықтың артыўы температураның төменлеўиниң тәсирин кемейтип атырғаны, әсиресе, түнги саатларда ҳаўаның қапырықлығы менен айқын сезилди.

    28-июльден 1-августқа шекемги дәўирде мәмлекет бойлап температурада үлкен өзгерислер күтилмейди. Көпшилик аймақларда күндизги температура 32-37 дәреже әтирапында, шөл ҳәм қубла аймақларда болса 38-40 дәрежеге шекем жетиўи мүмкин.

    Ҳәпте даўамында тийкарғы аймақларда жаўын жаўыўы күтилмейди. Тек ғана Қарақалпақстан ҳәм таўлы аймақларда 28-июль күни күндиз қысқа мүддетли жаўын-шашын бақланыўы итималы бар.

    Айырым жерлерде самалдың тезлиги секундына 13-18 метрге шекем күшейиўи, айырым жағдайларда шаң-тозаңлар бақланыўы мүмкин.

    Ташкент қаласында ҳаўа-райы аз бултлы, тийкарынан қуяшлы өтиўи күтиледи. Жаўын бақланбайды. Самалдың тезлиги төменнен орташаға шекем болады. Түнги температура 21-24 дәреже, күндизги температура болса 34-37 дәрежени қурайды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates