баннер
28 Mar 2025
07:08

    Жаңа китаплар кең жәмийетшиликке таныстырылды

    Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти менен биргеликте «Әлийшер Наўайы энциклопедиясы» ҳәм «Өзбекстанның орын атамаларының түсиндирме сөзлиги» көптомлықлары, сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасы географиялық атамаларының түсиндирме сөзлиги» китапларын кең жәмийетшиликке таныстырыўға арналған илаж болып өтти.

    Илажда институттың өзбек әдебияты кафедрасының доцентлери Ҳамза Алламбергенов ҳәм Нодира Алламбергеновалар Өзбек тилин раўажландырыў қоры қаржылары есабынан басып шығарылған 4 томлық «Әлийшер Наўайы энциклопедиясы» ҳаққында қатнасыўшыларға презентация тәризинде толық мағлыўмат берди.

    Бул көптомлық Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында 2021-2023-жыллар даўамында баспаға таярланған болып, уллы шайыр ҳәм ойшыл, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы жасаған XV әсирдиң екинши ярымындағы Хорасан ҳәм Маўарауннаҳрдағы тарийхый, социаллық, сиясий, мәдений ҳәм әдебий турмыс, шайырдың өмири, хызметлери, жақынлары, дослары, дөретиўшилигиниң руўхый сарқылмас булағы, әдебий мийрасы ҳәм оның дүнья жүзилик әҳмийети, сондай-ақ, классикалық әдебиятымыз тарийхында тутқан ажыралмас орны ҳаққында толық мағлыўматлар жәмленген.

    Энциклопедиядан наўайытаныўшылық мәселелери, шайыр шығармаларының ҳәр қыйлы жыллардағы басылымлары, шет тиллерине аўдармалары, елимиз ҳәм дүнья китапханалары фондларында сақланып атырған қолжазба және тасбаспа китаплары, сондай-ақ, сүўретлеў өнери, мүсиншилик, театр, кино сыяқлы көркем өнер түрлеринде Әлийшер Наўайы тулғасының сәўлелелендирилиўине байланыслы мақалалар да орын алған. Ҳәр қыйлы поэзиялық жанрларға тийисли шығармаларына шолыў ҳәм анализлерден үлгилер келтирилген.

    Екинши китап «Қарақалпақстан Республикасы географиялық атамаларының түсиндирме сөзлиги»нде Қарақалпақстан аймағында жайласқан қала, районлар, аўыллар, суў объектлери, таўлар, қумлар, шөллер ҳәм басқа да географиялық атамалар системалы түрде үйренилген болып, ҳәр бир атама бойынша лингвистикалық, тарийхый ҳәм географиялық жақтан анализ исленген.

    Илажда жаңадан баспадан шығарылған китаплар ҳаққында қатнасыўшылар менен пикир алмасылды ҳәм усы китаплар студентлер, магистрантлар, докторантлар ҳәм профессор-оқытыўшылар тәрепинен пайдаланыўы мақсетинде институттың мәлимлеме-ресурс орайы фондына тапсырылды.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech