баннер
7 Apr 2025
22:42

    Жаңа объектлер пайдаланыўға тапсырылды

    Рамазан ҳайыты қарсаңында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңадан қурып питкерилген студентлер турақ жайы, спорт комплекси ҳәм үлкен спорт майданлары пайдаланыўға тапсырылып, рәмзий ленталары кесилди.

    Салтанатлы илажда сөзге шыққанлар жаңа объектлердиң Наўрыз улыўма халықлық байрамы ҳәм Рамазан ҳайыты қарсаңында пайдаланыўға тапсырылыўы институт жәмәәти ушын байрам саўғасы болғанлығын айрықша атап өтти.

    Ҳәзирги ўақытта институтта 16 мыңға шамалас студентлер билим алып атырған болып, олардан 1700 ге шамалас жаслар студентлер турақ жайларына қамтып алынған. Институттың жаңадан қурып питкерилген усы 3-санлы студентлер турақ жайы 500 орынға мөлшерленген болып, жаслардың студентлер турақ жайына болған мүтәжлигин қанаатландырыўға хызмет етеди.

    Студентлер турақ жайының қурылысы ушын институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 23 миллиард 704 миллион сум қаржы ажыратылды ҳәм қурылыс жумыслары сапалы түрде жоқары дәрежеде алып барылды. Бул жерде студентлердиң оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараятлар бар. Атап айтқанда, мәлимлеме-ресурс ҳәм IT орайлары, шет тиллерин үйрениў ҳәм тигиўшилик дөгереклери, шахмат клубы, руўхыйлық бөлмелери жаслардың билимлери менен қәбилетлерин арттырыўға хызмет етиўи сөзсиз. Соның менен бирге, майыплығы болған студентлер ушын да арнаўлы бөлмелер ажыратылып, зәрүр қолайлықлар жаратылған.

    Пайдаланыўға тапсырылған спорт комплексиниң қурылыс-реконструкция жумыслары ушын институттың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 4 миллиард 438 миллион сум ажыратылған.

    Улыўма 300 тамашагөй орнына ийе болған спорт майданы институттың жаңа оқыў имараты артындағы бос турған жер майданында қурылған болып, бул жерде 6 миллиард 199 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары шебер қурылысшылар тәрепинен алып барылды. Бул спорт объектлери институтта спорт пенен турақлы шуғылланатуғын студент-жаслардың санын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.

    Илаж қатнасыўшылары пайдаланыўға тапсырылған жаңа объектлерде жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар менен танысты.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech