Оған бола:
академиялық лицейлердиң барлық басқыш оқыўшылары ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 1-басқыш студентлери ушын сабақ процесслери 2025-жыл 3-сентябрьден;
жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 2- ҳәм оннан жоқары басқыш студентлери ушын 8-сентябрьден басланады.
Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде биринши басқышқа қабыл етилген студентлер ушын "Кредит билимлендириў системасына кириў" ҳәптелиги ҳәм "Студентликке бағышлаў" илажлары шөлкемлестириледи.
Ҳәптелик шеңберинде:
студентлерди жоқары билимлендириў шөлкеминиң жумысы менен таныстырыў, кредит-модул системасының мазмун-мәниси ҳәм абзаллықларын түсиндириў және таңлаў пәнлерин мақсетли таңлаў;
студентлерде өз бетинше билим алыў көнликпелерин қәлиплестириў, академиялық ҳадаллық принциплери ҳәм кәсиплик және жеке раўажланыў мәселелери бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылады.









