Илаждың ашылыў мәресиминде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, БМШ Бас Ассамблеясының Баслығы Анналена Бербок, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Фолькер Тюрк, сондай-ақ, мәмлекет басшылары, сыртқы ислер министрлери ҳәм БМШқа ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары шығып сөйледи.

Өзбекстан Республикасы делегациясының басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўындағы "Жаңа Өзбекстан" концепциясын усынды. Мәмлекетимиз ўәкили Өзбекстанның БМШ Режеси принциплерине, сондай-ақ, глобал қәўип-қәтерлер шараятында халықаралық бирге ислесиў ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге садықлығы өзгермейтуғынын атап өтти.

Мәмлекетте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында избе-из реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Жаңаланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясы Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша миллий "жол картасы" сыпатында қаралмақта ҳәм ол социаллық әдилликти тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған.

Сондай-ақ, 2026-2030-жылларға мөлшерленген Инсан ҳуқықлары бойынша екинши Миллий стратегия жойбары таярланып атырғаны, сондай-ақ, БМШ Жәҳән бағдарламасының Бесинши басқышы шеңберинде Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша Миллий бағдарлама ислеп шығылып атырғаны ҳаққында мәлим етилди.

БМШ Бас хаткериниң «UN-80» басламасы ҳәм БМШ Жоқарғы комиссарының Инсан ҳуқықлары бойынша глобал альянс жаратыў усынысы қоллап-қуўатланатуғыны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан 2026-жылы Инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық пактлердиң 60 жыллығына бағышланған Инсан ҳуқықлары бойынша бесинши Самарқанд форумы ҳәм Жас парламентарийлердиң глобал конференциясына басшылық етеди.

Мағлыўмат ушын: БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң гезектеги алпыс биринши сессиясы 2026-жыл 23-февральда ашылды. Сессия жумысында 100 ден аслам мәмлекет ўәкиллери қатнаспақта. Күн тәртибинен 29 интерактив сөйлесиў, санлы технологиялар ҳәм Дурбан декларациясының бир жыллығына бағышланған тематикалық жалпы мәжилислер және айырым мәмлекетлер ҳәм регионлардағы жағдайларды додалаў сыяқлы мәселелер орын алған. Сессия жумысы 2026-жыл 31-мартқа шекем даўам етеди.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайы баспасөз хызмети.