Президентимиз өткен жылы 19-март күни "Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводы" акционерлик жәмийетине сапары даўамында жаңа вагон ислеп шығарыў бойынша тапсырма берген еди.
Соннан келип шығып, бул жерде "Жаңа Өзбекстан" атамасындағы заманагөй дизайинге ийе жолаўшы вагонларын ислеп шығарыў жолға қойылды.
Узынлығы 26 метрли жолаўшы вагонлары қолайлы ҳәм кең купели жатақ орынға ийе. Ҳәр бир купе ҳаўа температурасын қадағалаўшы өз алдына қурылмалар менен үскенеленген. Сондай-ақ, заманагөй электр шайнек, мобил телефонды қуўатлаў үскенеси, жолаўшылардың қәтержамлығын тәмийинлеў ушын видеобақлаў үскенелери бар.
Бул еле ҳәммеси емес. Заводта, сондай-ақ, 12 вагоннан ибарат жаңа "дизель поезд" қысқа мүддетте өзлестирилип, Ташкент - Бухара - Ташкент жөнелиси бойынша қатнаўға қойылды. Бул поезд 2 ВИП, 4 бизнес, 4 эконом класс вагоны, 1 ресторан вагон ҳәм де қурамды қуўатландырыў ушын 1 дизель вагоннан ибарат.
- Бул поездда көплеген қолайлықлар бар, - дейди "Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводы" акционерлик жәмийетиниң өндирис бойынша директоры Б.Эшмуродов. - Мәселен, жаз ҳәм қыс айларында суўытыў ҳәм ысытыў системасы үзликсиз ислейди. Поезд басқа жолаўшы вагонларында болмаған технологиялық имканиятларға да ийе. Ислеп шығарылып атырған жолаўшы вагонлары қоңсы мәмлекетлерге де сатылмақта.
Заводта өткен жылы 35 жолаўшы вагоны ислеп шығарылған болса, усы жылы бул көрсеткишти 70 ке жеткериў нәзерде тутылған. Келешекте олардың саны жылына 100 ге жеткериледи.
Рустам ҲАЙДАРОВ,
Журналист.