Қарарды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
ең қәбилетли жаслар ҳәм жоқары потенциалға ийе профессор-оқытыўшылардың илимий мектеплерин қәлиплестириў;
халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы тәжирийбе тийкарында медицина тараўында билимлендириў, әмелият ҳәм илимий-изертлеў жумысының үйлесимлилигин тәмийинлеў, тараў ушын бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў.
Университет жанында Алдынғы билим ҳәм тәжирийбелер трансфери орайы шөлкемлестириледи.
2025/2026-оқыў жылынан Университеттиң магистратура қәнигеликлери студентлерине Министрлер Кабинетиниң қарары менен билимлендириўдиң бакалавриат басқышына енгизилген мәмлекетлик грантты ажыратыў тәртиби енгизиледи.
2027-жыл 1-декабрьге шекем Университет ушын алып келинетуғын ҳәм альтернативлери Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын қурылма, программалық ҳәм техникалық қураллар, комплектлеўши бөлеклер бажыхана төлемлеринен (ҚҚС, акциз салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.









