Угам дәрьясы бойындағы бул орын алдын толық пайдаланылмаған, таслақ жер еди. Быйыл 1 триллион сумнан артық жойбар шеңберинде дерлик 14 гектар майданда қурылыс басланды. Ҳәзирги ўақытта 17 көп қабатлы турақ жай бой тиклемекте. Олар 5, 6 ҳәм 7 қабатлы, 870 квартирадан ибарат болады.
Сондай-ақ, 16 коттедж, 3 ресторан, жигирмадан артық саўда ҳәм хызмет шақапшалары орайлары қурылады. Балалар ойын майданшалары, жабық суў бассейнлери, фитнес ҳәм спорт майданшалары, амфитеатр, автомобиль туратуғын орын, автомобиль көпири, таў ҳәм жағалық бойы коридорлары да шөлкемлестириледи.
Бул қолайлықлары менен жаңа комплекс жылына 200 мың мийман болып келиўшиге хызмет көрсете алады. Бул районның туризм потенциалын және де арттырады. Биринши басқыш – көп қабатлы турақ жайларды келеси жылдың басында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы усындай турақ жайлардан бирин кирип көрди.
Туристлер көбирек шырайлы тәбиятқа, таза ҳаўаға умтылады. Усыны инабатқа алып, бар терекликлерге қосымша 20 мың түп нәл отырғызылады. Заманагөй технологиялар жәрдеминде күнине 1 мың метр куб дәрья суўы қайта исленеди. 2 мегаваттлы термал ысытыў ҳәм суўытыў системасы жолға қойылады.
Президентимиз тараў жуўапкерлерине аймақ үгит-нәсиятын кеңейтип, бундай орынларға туристлерди тартыў бойынша көрсетпелер берди.
Туризм жойбарлары себепли жумыс орынлары көбеймекте. Соның менен бирге, халықтың дәстүрий қәлиплескен кәсип-өнерлерин де сақлаў керек екени атап өтилди. Мәселен, район пал, лимон жетистириў ушын қолайлы. Оларды раўажландырыў тәбийғый орталықты қәстерлеп сақлаў көзқарасынан да әҳмийетли.