Жаңа Ташкент "жасыл қала" болады

    Ҳүкимет 28 желтоқсан 2024 920

    Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент қаласы аймағындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жойбарлары менен таныспақта.

    Бул жаңа қалаға 2023-жыл 18-март күни тырнақ тасы қойылған еди. Усы мүнәсибет пенен өткен мәресимде мәмлекетимиз басшысы ол "жасыл қала" болатуғынын айтқан еди. Бул ҳаўа ҳәм суў тазалығы, альтернатив энергия дәреклери, терекзарлардың көплиги сыяқлы мақсетлерди өз ишине алады. "Ташкенттиң жасыл белбеўи" жойбары усы жерден басланады. 420 гектар майданда Орайлық бағ қурылып, 200 мың түп терек егиледи.

    Оның ушын жумыс ҳәзирден басланып, 50 гектар майданда нәлхана шөлкемлестирилген. Президентимиз бул жерде болып, нәллерди көзден өткерди. Болажақ терекзарлардың ландшафт дизайны, суўғарыў ҳәм тәрбиялаў системасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

    Ҳәзирги ўақытта кейин ала көширип өткериў ушын 27 мың түп саяманлы терек нәллери егилген. Сондай-ақ, ыссыхана, қазанхана, нәллерди сақлаў ҳәм суўғарыў системалары қурылған.

    Жаңа қалада тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ушын ўақтынша ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта. Президентимиз олардағы шараятлар менен де танысты.

    Ҳәзирги ўақытта жеңил конструкциялардан 4 имарат ҳәм жәрдемши имаратлар қурылған. Бунда толық жергиликли қурылыс материалларынан пайдаланылған. Офислер “open space” усылында болып, ҳәр биринде 250 ге шекем хызметкер жумыс алып барыўы мүмкин.

    Бул министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын басқышпа-басқыш усы жерде шөлкемлестириў имканиятын берип, Ташкенттеги тығылысты азайтыўға да хызмет етеди.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates