Бул қала қурылысына 2023-жылы тырнақ тасы қойылған еди. Бүгинге келип дәслепки имаратлар бой тикледи. Қурылыс ушын Жоқары Шыршық ҳәм Орта Шыршық районларынан 19 мың 700 гектар жер ажыратылған. Жойбардың концепциясы Уллы Британияның “Cross-works” компаниясы тәрепинен ислеп шығылған.
Биринши басқышта 6 мың гектар майданда имаратлар қурылып, 600 мың халық ушын заманагөй шараятлар жаратылады. Жойбар толық жуўмақланғанда 2 миллион адам жасайтуғын болады.
Бул санлар аймақтағы дөретиўшилик көлеми қаншелли үлкен екенин көрсетеди. Инфраструктура соған жараса сапалы ҳәм узақ мүддетли болыўы керек. Соның ушын ҳәзирги күнде қаланың "асты" - жер асты инженерлик тармақлары қурылмақта.
Атап айтқанда, бир ҳәм еки секциялы коллекторлар жатқарылмақта. Олар арқалы орайласқан ыссылық ҳәм суў қубырлары, электр энергиясы, телекоммуникация сыяқлы барлық инженерлик тармақлары жер астынан өткериледи. Сондай-ақ, транспортлардың еркин ҳәрекети ушын туннеллер ҳәм жер асты турыў орынлары қурылады.
Ҳәр бир жойбарда заманагөй қатнас, жетик шешим ҳәм жасыллық итибарға алынбақта. Атап айтқанда, экологиялық таза транспорт системасы шөлкемлестириледи. Метро ҳәм электробуслардың ҳәрекети муўапықластырылады. Пиядалар ҳәм велосипедшилердиң тосқынлықсыз ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи ушын кеңнен қолайлық жаратылады.
Аймаққа 60 тан аслам мәмлекетлик уйымлар ушын ҳәкимшилик имаратлар қурылады. Бүгинги күнде оннан аслам министрлик ҳәм уйымлар усы жердеги ўақтынша шөлкемлестирилген объектлерде жумыс баслаған.
Мәмлекетимиз басшысына жақын келешекте нәзерде тутылған жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Қалаға көплеген жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары қызығыўшылық билдирмекте. Бүгинги күнде аукционда сатылған 13 коммерциялық лот бойынша 554 миллион долларлық инвестициялық шәртнамалар дүзилген.
Бул жерде бой тиклейтуғын мийманхана ҳәм ресторанлар, өзине тән дизайндағы саўлатлы имаратлар келиўшилерге жоқары сапалы хызмет көрсетиўи менен бирге қаланы туризм орайына айландыратуғыны сөзсиз.
Аймақтағы қурылыс процесинде 160 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Келешекте болса қалада инновациялық технологияға тийкарланған, жоқары дәраматлы жүз мыңлаған турақлы жумыс орны болады. Буның ушын жаңа билимлендириў ҳәм медицина кластерлери, мәлимлеме технологиялары хызметлери ҳәм технопарклер шөлкемлестириледи.
Президент жойбарларға инвестициялар тартыў, дем алыў орынлары ҳәм хызметлерди қолайлы жолға қойыў бойынша усыныслар берди.