Заманагөй тригенерация технологиясы қаланы бир ўақыттың өзинде ыссылық ҳәм суўытыў менен тәмийинлеў, дәстүрий дәреклерге салыстырғанда еки есе аз энергия жумсаў имканиятын береди. Әдеттеги ыссылық орайларында ямаса суўытыў системаларында өндирис процесслери бөлек-бөлек әмелге асырылады. Тригенерцияда олардың барлығы бирден-бир технологиялық шынжыр тийкарында бирлестириледи.

Ҳәзирги ўақытта Жаңа Ташкентте әне усындай технологиялар тийкарында станцияның тийкарғы имарат ҳәм объектлериниң қурылысы алып барылмақта. Жойбар шеңберинде зәрүр болған тийкарғы үскенелер энергия нәтийжелилиги бойынша халықаралық талапларға толық жуўап береди.

Жойбардың биринши басқышында жылытыў ушын 75 мегаватт, суўытыў ушын 100 мегаватт қуўатлықлар жаратылады. Сондай-ақ, 17 мегаватт электр энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылады.

Жаңа Ташкенттиң биринши подстанциясының қуўатлылығы 100 мегаватт болып, қаланың дәслепки талапларын қанаатландырыў ушын жетеди. Жойбар Қытайдың “Haocheng Industry Group Limited” компаниясы қатнасыўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта.

Итибарлысы, бул Өзбекстандағы биринши жабық түрдеги подстанция болып есапланады.

Бундай объектлер дәстүрий ашық подстанцияларға салыстырғанда бир қатар абзаллықларға ийе. Биринши нәўбетте, олар қала орталығына сәйкес келетуғын ҳәм архитектуралық көринисти бузбайтуғын жерде жайластырылады. Буннан тысқары, бундай подстанциялардағы шаўқым дәстүрий подстанцияларға салыстырғанда 2 есеге аз. Буннан тысқары, олар ашық түрдеги объектлерге қарағанда үш есе аз орынды ийелейди. Бул қурылып атырған Жаңа қала сыяқлы қурамалы инженерлик концепцияға ийе қала ушын үлкен қолайлық жаратады.

Президентимиз бул объектлер менен танысыў ўақтында олардың техникалық имканиятлары, экономикалық нәтийжелилиги ҳәм Жаңа Ташкент ушын стратегиялық әҳмийетин айрықша атап өтип, жумысларды және де нәтийжели шөлкемлестириў, кейинги басқышларды жедел ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша усыныслар берди.