Жаңаланған аэропортта ең заманагөй қолайлықлар болады

    Сиясат 18 маусым 2025 1627

    Президент Шавкат Мирзиёев 18-июнь күни "Ташкент-Шығыс" аэропортының қурылысын көзден өткерди.

    Мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ҳәм оның халықаралық тартымлылығының артыўы менен сыртқы экономикалық байланыслар жеделлесип, инвестициялар ағымы көбеймекте. Бундай шараятта Өзбекстанда транспорт инфраструктурасының барлық бағдарларын модернизациялаўға өсиўдиң тийкарғы факторы сыпатында тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

    Мине, усындай стратегиялық жойбарлардан бири "Ташкент-Шығыс" аэропортын реконструкциялаў болып есапланады. Ол жоқары халықаралық стандартларға жуўап беретуғын тез, қәўипсиз ҳәм қолайлы қатнаўларды тәмийинлеў, сондай-ақ, пайтахттың тийкарғы халықаралық аэропортына жүклемени жеңиллетиўге мөлшерленген.

    Бәринен бурын, 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолы жаңаланып, ең аўыр самолётларды да қабыл етиў қуўатлылығына ийе болды.

    Ҳәзирги күнде жоқары мәртебели мийманлар ҳәм бизнес-авиация ушын 2 терминал, перрон ҳәм ангарлар қурылмақта. Аэропорт қолайсыз ҳаўа-райы шараятларында да ушыў-қоныўды тәмийинлейтуғын ICAO III-А категориясындағы алдынғы радиотехника ҳәм метеорология үскенелери менен тәмийинленеди. Жабық ангарларда самолётлар саз ҳәм қәўипсиз сақланыўы ушын заманагөй шараятлар тәмийинленеди.

    Жаңа аэропорт қолайлы жайласыўы себепли пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент қаласы ушын әҳмийетли транспорт хабына айланады, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятында туризмди раўажландырыў ушын қосымша стимул болып хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, халықаралық сапарлар ҳәм исбилерменлик сапарларын әмелге асырыў имканиятлары кеңейеди, сырт ел инвесторларын қабыл етиў ушын шараятлар жақсыланады. Нәтийжеде экономикалық белсендилик артады, хызмет көрсетиў тараўы раўажланады, жаңа жумыс орынлары жаратылады, мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығы сезилерли дәрежеде артады.

    Мәмлекетимиз басшысы жойбардың техникалық өзгешеликлери, терминаллардың архитектуралық шешими менен танысып, қурылыс жумысларын жеделлестириў, сервис дәрежесин арттырыў бойынша анық тапсырмалар берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates