баннер
2 Apr 2025
07:33

    Япониялы атақлы қосықшы ҳәм сазенде "Өзбек мәдениятының елшиси" етип тайынланды

    30 Yanvar 2025 630

    Машу Комазаки Токио қаласында туўылған. 2015-2017-жыллары Бухара қаласындағы орта улыўма билим бериў мектебинде музыка муғаллими сыпатында жумыс ислеген.

    Япониялы атақлы қосықшы ҳәм сазенде Машу Комазаки "Өзбек мәдениятының елшиси" етип тайынланды, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.

    Бул жойбар Өзбекстан ҳәм Япония арасында мәдений байланысларды және де кеңейтиў, елимиздиң бай мәдений мийрасын, атап айтқанда, миллий музыка ҳәм намаларын күн шығыс елинде кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде мәмлекетимиз елшиханасы тәрепинен Өзбекстан Мәденият министрлиги менен биргеликте әмелге асырылды.

    Мәмлекетимиз елшиханасы тәрепинен Машу Комазакиди Япониядағы "Өзбек мәденияты елшиси" етип тайынлаўға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди. Онда елши Муҳсинхожа Абдураҳмонов Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыў, япон жәмийетшилигин елимиздиң бай тарийхый-мәдений мийрасы менен жақыннан таныстырыўға қосып атырған мүнәсип үлеси ушын Комазаки Машу ханымға "Өзбек мәденияты елшиси" көкирек белгиси ҳәм сертификатын салтанатлы түрде тапсырды.

    Елши "Өзбек мәденияты елшиси" деген статусы биринши болып Япония пуқарасына берилгени, әлбетте, Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Япония менен мәдений байланысларды раўажландырыўға қаратылып атырған жоқары итибардың тастыйығы екенин атап өтти. Усы жоқары статус Комазаки Машуға Японияда Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин және де үгит-нәсиятлаўда кең имканиятлар ашылатуғыны атап өтилди.

    Машу Комазаки бундай мақтанышлы статусты сырт ел пуқаралары арасында биринши болып алғанынан оғада қуўанышлы екенин билдирип, жоқары исеним ушын Өзбекстан ҳүкиметине миннетдаршылық билдирди.

    "Өзбек мәденияты елшиси" статусы мениң кейинги жумысымда үлкен имканиятлар жарататуғыны менен бир қатарда жуўапкершилик те болып есапланады. Усы күнге шекем Японияда шөлкемлестирилип атырған мәдений илажларда өзбек миллий нама ҳәм қосықларын атқарғанымнан соң, көплеген япон тамашагөйлери "Машу хоним, ашығын айтсақ, Сизиң атқарыўыңыз арқалы Уллы жипек жолындағы сырлы мәмлекет ҳаққында бизде жарқын түсиниклер пайда болды. Биз Сиз бенен Өзбекстанға келиўди қәлер едик", деген сөзлерди еситкенимде көркем өнер инсан қәлбине қаншелли терең тәсир ететуғынына ҳайран қаламан. Бул мени және де көбирек дөретиўшиликке ҳәм Японияда елиңиздиң жанкүйерлериниң санын арттырыўға илҳамландырады", деди ол.

    Илажда Японияда мәмлекетимиздиң мәдений потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, ҒХҚларда Өзбекстан ҳаққында бир қатар материалларды жәриялаў бойынша келисип алынды.

    Машу Комазаки Токио қаласында туўылған. 2010-жылы Токио музыка университети фортепиано факультетин тамамлаған. 2015-2017-жыллары Японияның сырт елдеги бирге ислесиў кеўиллилери (JOCV) бағдарламасы бойынша Бухара қаласындағы орта улыўма билим бериў мектебинде музыка оқытыўшысы болып ислеген. Өзбекстандағы жумысы даўамында өзбек миллий саз әсбаплары, атап айтқанда, дутар шертиўди үйренген. Ол 2018-жылы Өзбекстанда болып өткен Биринши халықаралық мақам көркем өнери әнжуманында өзбек дутарында "Сунбула" қосығын атқарып, сыйлы үшинши орынды ийеледи. 2024-жылы өткерилген "Шарқ тароналари" халықаралық музыка фестивалы ҳәм "Бойсун бәҳәри" халықаралық фольклор фестивалында да сыйлы үшинши орынды қолға киргизген.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech