баннер
21 Apr 2025
13:48

    Жол ҳәрекети қағыйдалары жаңа ескертиўши ҳәм қосымша мәлимлеме белгилери менен толықтырылады

    Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўди жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў режелестирилмекте.

    Жол ҳәрекети қағыйдаларында 6-бәнт төмендеги мазмундағы жигирма сегизинши - отыз екинши абзацлар менен толықтырылады:

    "Авария ошағы" (жол-транспорт ҳәдийсеси ошағы) - жол ҳәрекети қатнасыўшылары ушын мөлшерленген автомобиль жолы, көшелер, кесилиспелер елатлы пункттен тысқары орынларда 1 000 метрден ямаса елатлы пунктте 200 метрден артық болмаған бөлегинде бир жыл даўамында бир түрдеги үш ямаса оннан артық жол-транспорт ҳәдийселери ямаса түрлеринен бийғәрез бес ҳәм оннан артық жол-транспорт ҳәдийселери жүз бериўи нәтийжесинде адамлар қайтыс болған ямаса жарақатланған орын.

    "Авария ошағы" аймақлары төмендеги узақ мүддетли, мәўсимлик ҳәм ўақтыншалық түрлерге

    узақ мүддетли - сапластырылыўы, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған имарат ҳәм объектлерди көшириў, таў жанбаўырларын үлкен көлемде қазыў, үлкен суў бассейнлери үстинен көпирлер қурыў ҳәм узақ мүддетли жол қурыў сыяқлы процесслерди талап ететуғын аймақ;

    мәўсимлик - ҳаўа-райы шараятының тәсири нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бериўи мүмкин болған қәўипли авария аймағы;

    қысқа мүддетли - сапластырыў мүддети үш айға шекем болған дәўирди талап ететуғын қәўипли авария аймағы".

    Ескертиўши белгилер төмендеги мазмундағы 1.15.1 ҳәм 1.36-бәнтлери менен толықтырылады:

    "1.15.1 "Шынжырлы дөнгелеклер ҳәм шиналар менен ҳәрекетлениў". Бул жол белгиси ескертиўши жол белгиси, таўлы ҳәм шөл аймақларында қыс мәўсиминде жолларда пайда болған қар ҳәм музлықларда транспорт қуралларының үзликсиз ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўин шөлкемлестириў мақсетинде усыныс етиў бойынша, сондай-ақ, автомобиль жолларындағы қар ҳәм музлықлар ҳаққында айдаўшы ҳәм пиядалардың итибарын тартыў мақсетинде қолланылады;

    1.36 "Жол-транспорт ҳәдийсеси ошағы." Усы жол белгиси 3.24 - "Жоқары тезлик шекленген" қадаған етиўши жол белгиси, 7.1.1-7.1.4 - "Объектке шекемги аралық," 7.2.1-7.2.6 - "Тәсир аралығы," 7.3.1-7.3.3 - "Тәсир бағдары" қосымша мәлимлеме белгилери менен, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәдийселериниң түри, қәўиплилик дәрежесинен келип шыққан ҳалда орнатылыўы мүмкин";

    Қосымша мәлимлеме белгилери төмендеги мазмундағы 7.27, 7.28, 7.29 ҳәм 7.30-бәнтлер менен толықтырылады.

    "7.27. "Пияданы урып жибериў." Пияда менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийсеси қәўипи бар екенлигин билдиреди.

    7.28 "Транспорт қураллары соқлығысыўы". Транспорт қураллары соқлығысыўы қәўпи бар екенлигин билдиреди.

    7.29. "Велосипедшини урып жибериў". Велосипедшиниң урылып кетиў қәўпи бар екенлигин билдиреди.

    7.30. "Транспорт қураллары аўдарылыўы". Транспорт қуралы аўдарылыў қәўпи бар екенлигин билдиреди";

    Жол белгилериниң сүўретлери түсирилген бөлегинде:

    "1.15 Тайғак жол" жол белгисиниң көринисинен кейин төмендеги көринистеги жол белгисиниң көриниси менен толықтырылады:

    "1.15.1"Шынжырлы дөңгелеклер ҳәм шиналар менен ҳәрекетлениў"

    "1.35 Пиядалардың жол бойынан жүриўи мүмкин болған аймақ" жол белгисиниң көринисинен кейин төмендеги көринистеги жол белгисиниң көриниси менен толықтырылады:

    "1.36. Авария "ошағы";

    "7.26. "Жасалма тегис емеслик" жол белгисиниң көринисинен кейин төмендеги көринистеги жол белгилери көринислери менен толықтырылады:

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech