Жас қылышпазларымыз жәҳән чемпионатында қатнасады

    Спорт 4 сәуір 2025 775

    Усы жылдың 7-15-апрель күнлери Қытайдың Уси қаласында қылышласыў бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтеди.

    Атап өтилиўинше, дүньяның ең күшли жас қылышпазлары топланатуғын бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасады.

    Ҳәзирги ўақытта жәҳән чемпионатының дәслепки күнлеринде беллесетуғын спортшыларымыз Усиге жетип барған ҳәм жарыс алдынан соңғы шынығыўларды алып бармақта.

    Мәмлекеттиң қылышпазлық федерациясының мәлим етиўинше, жәҳән чемпионатында Гүлистан Пердебаева, Дилназ Мурзатаева, Фернанда Эррера, Исломбек Абдазов, Муса Аймуратов сыяқлы 22 жерлесимиз медаллар ушын гүрес алып барады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates