Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер комитетинде напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўге байланыслы жумысларды жетилистириўге қаратылған нызам жойбары дәслепки тәризде көрип шығылды.
Бул нызам жойбары менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы, "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамларға напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўге байланыслы өзгерислер киргизилмекте.
Яғный, пенсия алыў жасына толған (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) пуқараларға жасқа байланыслы пенсиясын олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда пуқараның жумыс стажы, мийнет ҳақысы ҳәм басқа да мағлыўматларын министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларынан алынған мағлыўматлар тийкарында бир күнлик мүддетте проактив түрде тайынлаў тәртибин енгизиў белгиленеди.
Әмелдеги тәртипке бола, пуқаралар белгиленген пенсия жасына толғаннан соң, пенсия тайынлаўды сорап жасаў орнындағы Пенсия қоры бөлимине, Мәмлекетлик хызметлер орайына ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан дизимнен өтип, сораўнаманы толтырған ҳалда мүрәжат етеди.
Нызам жойбарында сондай-ақ, пуқара пенсия жасына жетип, бирақ мийнет етиўди даўам еттириў тилегинде болғанда проактив түрде тайынланатуғын жасқа байланыслы пенсияны бийкарлаў тәртибин де енгизиў нәзерде тутылмақта.
Нызам интакерлериниң пикиринше, белгиленетуғын нормалар пуқараларға пенсия тәмийнаты бойынша көрсетилетуғын мәмлекетлик хызмет сапасын арттырыўға, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.
Нызам жойбары сиясий партиялар фракцияларының додалаўына киргизиў ушын таярланбақта.