Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 8-июльдеги "Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында"ғы 627-санлы Нызамы ҳәм Министрлер Кабинетиниң "Өзбекстан Республикасының тәбийий суў бассейнлеринде балық аўлаў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында"ғы 2024-жыл 9-февральдағы 80-санлы қарарына муўапық Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда 11-марттан 31-майға шекем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тәбийий суў бассейнлеринде 26-апрельден - 10-июньға шекем балық аўлаў қадаған етилмекте.
Сондай-ақ, басқа барлық тәбийий суў бассейнлеринде 16-апрельден 31-майға шекемги мүддетте балық аўлаў қадаған етиледи.
Жоқарыда көрсетилген дәўирлер балықлардың нәсиллениў-туқымланыў, яғный көбейиў дәўири есапланады. Балықлар көбейиў дәўиринде уўылдырық шашады ҳәм нәсил көбейтеди. Егер бул дәўирде балық аўланса, олардың саны кескин азайып, түрлери жоқ болып кетиў қәўпи туўылады.
Мағлыўмат ушын, бул қарар бурынғысынан басқаша тәризде жасалма суў бассейнлери ямаса ирригация тармақларындағы интенсив балық жетистириў технологиясы ҳәм аквакултураға, сондай-ақ, клетка (садок) қурылмаларында балық жетистириў ҳәм аўлаўға қолланылмайды.