Балықшылық ҳәм халықтың саламатлығы, ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигинде әҳмийетли орын ийелейди. Балықтың мол болыўы басқа гөш өнимлериниң баҳасына унамлы тәсир етеди. Оны шаңарақларда бағыў шаңарақларға қосымша дәрамат келтиреди.
Мәмлекетимизде балықшылық тармағын раўажландырыўға әне усы тәрептен қатнас жасалмақта. Суўлы районларда инвестиция ҳәм кооперация жойбарлары жедел қоллап-қуўатланбақта.
"Фишвел Норин" кәрханасы 3 миллион доллар есабынан усындай жойбарды баслаған. Еки гектардан аслам аймақта 76 инновациялық бассейн шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде соннан 40 ы иске қосылған болып, супер интенсив усылда форель балығы жетистирилмекте. Улыўма етип айтқанда, бул жерде жылына 2 мың тонна гөш жетистирип, 5 миллион долларлық экспорт етиў мөлшерленген.
Әҳмийетлиси, кәрхана жергиликли халықты балық жетистириўге үйретпекте. Хожақорғанша мәҳәллесиндеги 25 шаңарақ кластер менен кооперация ислеп, ҳәр бири жылына 150 миллион сумға шекем дәрамат алып атыр.
Оны және де кеңейтип, Нарын ҳәм Үшқорған районларындағы 100 шаңарақты балықшылыққа тартыў режелестирилген. Соның ишинде, 2 мың тоннадан 500 тоннасы шаңарақларда жетистириледи. Нәтийжеде 300 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Балықшылықтың раўажланыўы және бир бағдарды жүзеге келтирди - кәрхана жанында заманагөй ресторан да қурылды. Онда балықтан ҳәр қыйлы тағамлар таярланып, мийманларға усынылады. Бул туризм ҳәм басқа да хызметлердиң кеңейиўине де үлес қоспақта.
Президентимиз жуўапкерлерге республика бойынша форель жетистириў мүмкин болған районларды анықлап, бул системаны ғалаба ен жайдырыў бойынша көрсетпелер берди. Нидерландиялы бирге ислесиўшилер менен балық азықлығын ислеп шығарыў, Нориндеги тик қудықлар жанында жасалма ҳәўизлер орнатып, халыққа бөлип бериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаятында мелиоративлик қудықлар әтирапында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында және 34 интенсив бассейн қурылған. Және бир тәрепи сонда, балық бағылған суў минералларға байығаны есабынан аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде қолланылмақта. Онда сырт елли қәнигелердиң тәжирийбесине сүйенилмекте.
Бул жерде мәмлекетимиз басшысына "Реформалар штабы"ның жумысы бойынша мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, исбилерменлер менен биргеликте 1 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Олардың нәтийжесинде жәми 12 мың жумыс орны, бюджетке қосымша 200 миллиард сум түсим, 160 миллион доллар экспорт дәреги пайда болады.
Соның ишинде, усындай мәнзилли жумыслар арқалы Мыңбулақ ҳәм Нарын районларының экономикасын жақсылаў нәзерде тутылған. Халыққа таяр жойбарлар берип ҳәм кәсипке бағдарлап, бәнтлигин тәмийинлеў илажлары белгиленген.
Президентимиз Норин районындағы "Расулов Ғофуржон ўғли Баҳодир" фермер хожалығының атызында да болып, пахта теримин көзден өткерди. Бул жерде сырт ел ғаўаша сорты егилип, жоқары зүрәәт жетистирилген. Химиялық қайта ислеўге ушыўшысыз аппаратлар, теримге заманагөй машиналар тартылған. Олардың жәрдеминде пахта зая болмастан, таза терип алынбақта.












