Yuz.uz хабарларды қарақалпақ тилинде де усыныўды баслады!

    26 қараша 2024 180

    yuz.uz сайты ҳәзирги күнде бес тил - өзбек, рус, инглис, қазақ ҳәм тәжик тилинде өз жумысын алып барады.

    «Янги Ўзбекистон» ҳәм «Правда Востока» газеталары редакциясының yuz.uz сайты Өзбекстан ҳәм дүнья хабарларын қарақалпақ тилинде де сәўлелендириўди баслады.Бул, әлбетте, халқымыздың қарақалпақ тилинде сөйлеўши ўәкиллерин дурыс, қалыс ҳәм рәсмий мәлимлемелер, соның ишинде, мәмлекетимизде болып атырған избе-из жәмийетлик-сиясий, экономикалық реформалар, жаңадан қабыл етилген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер менен таныстырыўға болған және бир қәдем болып табылады.

    Соның менен бирге, бул қарақалпақ тилиниң раўажланыўы ҳәм оның медиа мәканындағы орнын беккемлеўге хызмет етеди.

    Жаңалықларды қарақалпақ тилинде оқыў ушын сайт бетиниң жоқары бөлиминдеги тиллер арасынан қарақалпақша таңланады ҳәм қәлеген хабарды усы тилде оқыў мүмкин болады.

    Бул бөлимде сиясат, экономика, илим ҳәм билимлендириў, туризм ҳәм спорт сыяқлы бир қанша тараўлардағы әҳмийетли хабарлар берип барылады.

    Буннан тысқары, «Янги Ўзбекистон» газетасында басып шығарылған дәўирдиң руўхын беретуғын, салмақлы ҳәм әҳмийетли мәселелер анализине байланыслы мақалалардың ҚР_кодын сканерлеў арқалы сол мақаланың қарақалпақ тилиндеги аўдармасын да оқыўыңыз ҳәм силтеме арқалы эксклюзив видеоларды көриўиңиз мүмкин.

    Еслетип өтемиз, yuz.uz сайты ҳәзирги күнде бес тил - өзбек, рус, инглис, қазақ ҳәм тәжик тилинде өз жумысын алып барады.