Өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды

    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрмановлар Россия Федерациясынан келген компания ўәкиллери менен ушырасты.

    Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын орнатыў, Қарақалпақстан Республикасы районларында жаңа ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, атап айтқанда, Әмиўдәрья районында картошка жетистириў, мийўе жетистириўге қәнигелескен бағ жаратыў ҳәм оларды қайта ислеў ҳәм экспортқа бағдарлаў мәселелери додаланды.

    Сондай-ақ, россиялы инвесторлар Шоманай районында мийўе-палыз жетистириўге қәнигелескен кластер шөлкемлестириў ҳәм Тахтакөпир районында шарўашылық комплексин жаратыў бойынша өз усыныслар билдирди. Соның менен бирге, Нөкис районында заманагөй қусшылық комплекси, Қанлыкөл районында техникалық каннабис өсимлигин жетистириў, Кегейли районында инвестициялық жойбар шеңберинде картошка ҳәм боян өсимликлерин жетистириў, пюре ҳәм мийўе-палыз шербетин ислеп шығарыў жойбарлары да таныстырылды.

    Сөйлесиў даўамында Фарҳод Эрманов компания ўәкиллерине Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларындағы шарўашылық комплекслериниң де жумысы менен танысыўды усыныс етти.

    Өз гезегинде, аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов бүгинги күни аўыл хожалығында өним ислеп шығарыў, оны қайта ислеў ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлардың перспективалы болыўы, ҳәр бир қәдем анық есап-санақларға тийкарланыўы ҳәм аймақтың климат шараятларына сәйкес алып барылыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Әсиресе, Қарақалпақстан шараятында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа қуўатлықларды иске қосыў перспективалы екенлигине тоқтап өтилди. Ушырасыў жуўмағында россиялы инвесторлар Өзбекстан менен перспективалы бирге ислесиў байланыслары орнатылғаны, жаңа жойбарларды әмелиятқа енгизиў бирге ислесиўди және де беккемлеўге тийкар жарататуғынлығын атап өтти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates