Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған Нызамға муўапық, пиротехника буйымлары пиротехника қурамының жаныўы (жарылыўы) жәрдеминде оптикалық, акустикалық, электр ҳәм басқа да визуал эффектлерди алыўға мөлшерленген қурылмалар болып есапланады.
Пиротехника буйымлары олардың қәўипли зонасы, соның ишинде, қоршаған орталықтың зыянланыў дәрежесине қарап I – V қәўиплилик классларына бөлинеди.
Өзбекстанда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қәўиплилиги I классқа тийисли пиротехника буйымларын ислеп шығарыў, таярлаў, Өзбекстан аймағына алып кириў, тасыў, бериў, сатып алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыўға рухсат бериледи.
Өзбекстанда II – V қәўиплилик классларына тийисли пиротехника буйымларын ислеп шығарыў, таярлаў, Өзбекстан аймағына алып кириў, тасыў, жибериў, бериў, сатып алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў қадаған етиледи.
Пиротехника буйымларының айланысы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы, ишки ислер уйымлары ҳәм бажыхана уйымлары әмелге асырады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.