баннер
26 Mar 2025
20:41

    Заманның алдынғы адамы

    Бүгин исбилерменлик дәўирдиң алдынғы тараўларынан бирине айланбақта. Жаратылып атырған шараят, жеңиллик ҳәм имканият тараў ўәкиллерин жаңа шеклерге ийтермелемекте.

    Усы жыл 19-март күни Президентимиздиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўы исбилерменлерге және де күш-ғайрат бағышлады. Себеби ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы көплеген баслама ҳәм идеялар, жаңалықларды айтты. Олардың барлығы исбилерменлердиң кеўлиндеги гәп болды. Ең тийкарғысы, процесске сол күнниң өзинде кирисилди ҳәм бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.

    - Ушырасыў биз, исбилерменлердиң жумысымызда жаңа басқыш басланып атырғанын, тараў мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында екенин аңлатады, - дейди Нөкис қаласындағы “Visconti” кәрханасының басшысы Мийригул Қаипова. - Мен де исбилерменлигимди мине усы имканиятлар тийкарында, яғный 100 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўдан баслағанман. Соған да бир жыл болды. Ҳәзирги ўақытта кәрханамызда мийнет етип атырған 6 ҳаял-қыз бенен бирге халықтың дастурханына 46 түрдеги нан ҳәм нан өнимлерин жеткерип берип атырмыз.

    Нөкисте имканияттан нәтийжели пайдаланып киятырған исбилерменлер көп. Ҳамидбек Қосимов - усылардың бири. Ол дәслеп бир мезгил ағасының кәрханасында иследи. Кейин ала өз исбилерменлигин жолға қойды: 2017-жылы “Осиё ёғдуси” жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашты.

    - 2019-жылы инвестиция киргизиў шәрти менен Нөкис районы "Саманбай" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бос турған устахананы жәмийет балансына алып, кондитер цехын шөлкемлестирдик, - дейди Ҳамидбек Қосимов. - Оның ушын Ташкенттен алдынғы исбилерменлерди мирәт етип, мәсләҳәтин алдық, тәжирийбесин үйрендик. Соннан берли өнимлеримизди Нөкис ҳәм Ақмаңғыт дийқан базарлары, сондай-ақ, хорезмли буйыртпашыларға сатып атырмыз.

    Елликқала районының "Наўайы" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Ҳамдам Саидабдуллаев қарақалпақ шараяты ушын тән болмаған исбилерменлик, яғный түйеқус бағыў менен шуғылланады.

    - Бул жумысқа Ферғана ўәлаятынан 6 түйеқус шөжесин алып келип кирискен едим, - дейди исбилермен. - Соң инкубатор сатып алдым. Ҳәзир өзим халыққа түйеқус шөжелерин сатып атырман. Шуғылланса болатуғын бизнес екен. Инкубаторда шөжелер 42 күнде мәйекти жарып шығады. Азғана тәрбиялап сатыўға шығараман. Усы жумыс арқалы жылына 300 миллион сум сап пайда алып атырман. Түйеқус бағыў шаңарақлық исбилерменлик ушын жүдә қолайлы. Еки адам жетеди. Азығын ўақтында берип турсаңыз болды. Кеселлениў қәўпи аз, тек ўақтында шаншып турыў керек.

    Ҳәзирги ўақытта "Наўайы" аўыл пуқаралар жыйынында жасап атырған 5925 адамнан 842 си шарўашылық, қусшылық ҳәм пал ҳәррешилик пенен шуғылланады. Олар мәмлекетимиз басшысының "Исбилерменлик қанша тез раўажланса, мәмлекетимиз сонша қүдиретли болады, халқымыз сонша абадан жасайды" деген сөзлеринен күш алып, шын кеўилден мийнет етпекте.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech