Дәслеп салтанатлы илажда университет ректоры, академик Ахмед Реймов шығып сөйлеп, жас әўладтың билим алыўы, социаллық қорғалыўы, олардың келешекте жетик инсанлар болып жетилисиўи ушын барлық шараятлар жаратылып атырғанлығын айтып өтти. Әсиресе, билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, соның ишинде, студентлерди жатақхана менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде нәтийжели жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти.

Ол өз сөзинде жаңа студентлер турақ жайы заманагөй архитектура стандартлары тийкарында қурылғанын, онда студентлер ушын барлық қолайлықлар жаратылғанын айтып, ҳәммени жаңа студентлер турақ жайының ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим алыўы, жасаўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткериўи ушын кең имканиятлар жаратылып атырғанына айрықша тоқтап өтти. Соның ишинде, студентлердиң билим алыўы менен бир қатарда, турмыс тәризиниң қолайлы ҳәм қәўипсиз болыўы да мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин айтып, ҳәммени жаңа имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Илаж даўамында "АРГОНИЯ" ЖШЖ директоры Мансур Ходжаниязов тәрепинен жаңадан қурылған студентлер турақ жайының гилти Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймовқа салтанатлы түрде тапсырылды. Сондай-ақ, илажға келген мийманлар студентлер турақ жайының шараятлары менен танысып, студент-жаслар менен сәўбетлести.

Бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2709 орынға мөлшерленген 10 студентлер турақ жайы болып, бүгин бул көрсеткиш және 500 ге көбейди.

Соны да айрықша атап өтиў керек, 2025-жыл октябрь айында студентлер турақ жайы менен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында және 400 орынға мөлшерленген бир студентлер турақ жайы имараты пайдаланыўға тапсырылады. Бул өз гезегинде студентлерди жатақхана менен қамтып алыў дәрежесин 50% ке шекем арттырады. Студентлер турақ жайында студент жасларымыздың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, дем алыўы, қосымша дөгереклерге қатнасыўы, билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 басламаны студентлеримиз арасында ғалаба ен жайдырыў мақсетинде заманагөй мәлимлеме технологиялары, компьютер ханалары, мәлимлеме ресурс орайы, көркем өнерге қызығатуғын жаслар ушын барлық қолайлықларға ийе дөгереклер, соның менен бирге аўқатланыў, жуўыныў, интернет тармағынан пайдаланыў, газета-журналлар оқыў, телевизор тамаша етиў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Ҳақыйқатында да, бул елимизде жасларға жаратылып атырған қолайлы шараятлар, билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм студентлердиң турмыс сапасын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың және бир айқын мысалы болып есапланады.

Минажатдин Қутлымуратов,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.