Бул қарарды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

қымбат баҳалы металларды қайта ислеўдиң жыллық көлемин 7 тоннаға, зергерлик буйымларын экспорт етиў көрсеткишлерин 300 миллион АҚШ долларына жеткериў;

баҳалы металлар ҳәм зергерлик буйымларының рәсмий емес айланысын кеминде 50 процентке қысқартыў.

Қарарға бола, зергерлик орайларында жумыс алып барып атырған исбилерменлерге төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары усынылады, соның ишинде:

қымбат баҳалы металларды кешиктирип төлеў шәрти менен сатыўда 90 күн ишинде әмелге асырылған төлемлер бөлегине процент есапланбайды, 91-күннен баслап 180-күнге шекем әмелге асырылған төлемлер бөлегине - жыллық 3 процент муғдарында процент есапланады;

зергерлик орайларында "Ўзбекзаргарсаноати" ассоциациясы ҳәм Мәмлекетлик асиллик қадағалаў инспекциясының филиалларының жумысы жолға қойылады (көшпели хызмет көрсетиў);

зергерлик орайларында жумыс алып барып атырған исбилерменлер "Ўзбекзаргарсаноати" ассоциациясына ағза болғанда ағзалық төлемин 50 процентлик шегирме менен төлейди.