Захарова: Россия Өзбекстан нотасындағы мағлыўматларды көрип шықпақта

    Алынған мағлыўматлар белгиленген тәртипте Ташкентке жибериледи, деди Россия СИМ рәсмий ўәкили.

    Россия тәрепи Өзбекстан нотасындағы мағлыўматларды дыққат пенен көрип шықпақта ҳәм өзбекстанлы шериклердиң тийисли сораўы ўәкилликли уйымларға жеткериледи. Алынған объектив мағлыўматлар белгиленген тәртипте Ташкентке жибериледи, деди ТАССқа Россия СИМ рәсмий ўәкили Мария Захарова.

    Алдын Өзбекстан дипломатиялық хызметиниң баспасөз хаткери Аҳрор Бурхонов мәмлекет Сыртқы ислер министрлиги Россияда өзбек пуқараларына қарата тинтиўлер өткерилип атырғаны ҳәм надурыс мүнәсибетте болып атырғанынан қәўетерде екени, усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның Москвадағы елшиханасы Россия Сыртқы ислер министрлигине түсиник бериўди сорап нота жибергенин мәлим еткен еди, деп хабар береди tass.ru.

    "Өзбекстан елшиханасынан нота алынғаны мүнәсибети менен биз ондағы мағлыўматларды терең үйренип атырмыз. Соны атап өтиўди қәлер едим, бизде ҳуқық қорғаў ҳәм басқа да хызметлер арқалы тиккелей байланыс каналлары бар. Аўқамласлар арасындағы дәстүр бойынша, сөйлесиў шын кеўилден болып, ҳәр қандай сигнал дыққат пенен көрип шығылады. Өзбекстан тәрепиниң жоқарыда атап өтилген сораўы бойынша алынған мағлыўматлар ўәкилликли уйымларға белгиленген тәртипте жеткериледи", деди дипломат.

    "Ең дәслеп, Өзбекстан менен беккем аўқамласлық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары бар екенлигин ҳәм еки тәреплеме қатнасықларымыздың барлық темаларына усы көзқарастан қатнас жасап атырғанымызды атап өтпекшимиз", деди дипломат.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates