Шота Руставели атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын
Грузия Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри Мака Бочоришвили ҳәм
басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары
көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Бүгин Грузия Президенти Михаил Кавелашвили менен сөйлесиўлер болып өтеди.
Ертең, 3-июль күни Өзбекстан жетекшиси Бас министр Ираклий Кобахидзе менен
ушырасыў өткереди.