Ушырасыўда Әзербайжанның «PASHA Holding», «Neqsol Holding», «AzerGold» компаниялары, сондай-ақ, Әзербайжан халықаралық банки басшылары да қатнасты.
Ушырасыў алдынан Али Асадов мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Әзербайжан халқын күни кеше өткен байрам менен қутлықлады.
Миллий қутқарыў күни.
Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежедеги жедел сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан товар алмасыў 40 процентке артты. Қурылыс, энергетика, таў-кән санааты, геология, логистика, туризм ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Еки мәмлекет ҳүкиметлери болажақ жоқары дәрежедеги саммиттиң экономикалық күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Усы мәниде, режелестирилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Аймақлар форумының нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.