Сөйлесиў алдында үлкен министр Сингапур Президенти Тарман Шанмугаратнам ҳәм Бас министри Лоуренс Вонгтың қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан - Сингапур қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежелерде сиясий сөйлесиў ҳәм еки тәреплеме байланыслар жедел алып барылмақта.

Товар алмасыў ҳәм қоспа кәрханалардың саны жедел артып бармақта. Сингапурдың экономикамызға киргизген инвестициясы дерлик 2 миллиард долларды қурады.

Сингапур бизнесиниң мәмлекетимиздеги инвестициялық жумысын кеңейтиў режелери қоллап-қуўатланды. Саўда, инвестициялар, технологиялар трансфери, мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаў, инсан капиталын раўажландырыў, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларға итибар қаратылған ҳалда орта мүддетли Стратегиялық ҳәм инновациялық шериклик бағдарламасын ислеп шығыўға келисип алынды.

Сингапурдың арнаўлы экономикалық зоналар, Ташкент халықаралық финанс орайы ҳәм санлы банкингти раўажландырыў бойынша алдынғы тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиўге айрықша итибар қаратылды.

Сингапур жоқары оқыў орынларының мәмлекетимиздеги жумысы қоллап-қуўатланды.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиң барысын баҳалаў ҳәм биргеликтеги режелерди муўапықластырыў ушын тийисли сиясий ҳәм экономикалық структуралар арасында турақлы тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстанның жақында БМШтың Медиация ҳаққындағы Сингапур конвенциясына қосылғанын қоллап-қуўатлады.

Халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.