Энергетика тараўында бул жетекши компаниялар менен кооперация табыслы жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Үстирт тегислигиндеги углеводород кәнлерин өзлестириў бойынша гезектеги әмелий илажлар додаланды. Уллы Британияның "British Petroleum" компаниясының усы кең көлемли жойбарға қосылғанына жоқары баҳа берилди.

Нефть-газ тараўында жаңа жойбарларды алға қойыў, узақ мүддетли жеткерип бериўди жолға қойыў, нефть ҳәм нефть өнимлерин сатыў тармағын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.