Мәмлекетимиз басшысын
Грузия Президенти Михаил Кавелашвили қызғын күтип алды.
Жоқары мәртебели мийман
ҳүрметине резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары
көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.
Мәмлекет басшылары әскерий оркестр сазлары астында ҳүрметли қараўыл қатары
алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Биргеликте сүўретке түсиў
мәресими болып өтти. Ҳәзирги ўақытта жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўам
етпекте.