Ушырасыўда еки мәмлекет парламентлери Өзбекстан -
Корея айрықша стратегиялық шериклигин алға қойыўда әҳмийетли орын ийелеп
атырғаны атап өтилди.
Парламентлераралық "дослық топарлары" жедел
жумыс алып бармақта, парламент делегацияларының турақлы сапарлары әмелге
асырылмақта, нызам шығарыўшы уйымлардың тийисли комитетлери арасында нәтийжели
тәжирийбе алмасыў жолға қойылған.
Миллий Ассамблея ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў
агентлиги жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң еки палатасында
"Электрон парламент" жойбары әмелге асырылмақта.
Жоқары дәрежедеги, бәринен бурын, саўда-экономикалық,
инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў бойынша
келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик мониторингти тәмийинлеў ушын
бирге ислесиў механизмлерин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында 2027-жылы Өзбекстан ҳәм Корея
арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы мүнәсибети менен
"парламент дипломатиясы" шеңберинде бир қатар илажлар өткериўге
келисип алынды.