Сөйлесиў алдында Шайх Мансур Ол Наҳаян мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарағына қут-берекет, жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысында үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан - БАӘ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Өткен жылы январь айында БАӘға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапардың жуўмағында ерисилген келисимлердиң табыслы орынланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жыл басынан товар алмасыў жедел артып бармақта, биргеликтеги жойбарлардың улыўма портфели 20 миллиард доллардан артты, 400 ден аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Август айынан баслап "Etihad Airways" компаниясы тәрепинен ҳәр күни Абу-Даби - Ташкент жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылмақта.

Тығыз сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм ири жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.