Сөйлесиў алдында Беларусь басшысы мәмлекетимиз жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, мәмлекетлик жумыста жаңа табыслар, Өзбекстанның көп миллетли халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан Президентиниң усы жыл 8-9-июль күнлери Минскке рәсмий сапары ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Беларусь стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириўдиң әҳмиьетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта. Тийкарғы тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.