Сондай-ақ, мәмлекет басшылары жанында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў
мәресими болды. Соның ишинде:
– Өзбекстан –
Қырғызстан мәмлекетлик шегарасының участкалары ҳаққында шәртнама;
– “Чашма”
булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққында келисим;
– Мәмлекетлик
социаллық қамсызландырыў ҳәм пенсия тәмийнаты ҳаққында келисим;
– Жоқары
билимлендириў тараўындағы кредитлерди өз-ара тән алыў ҳаққында келисим;
– Мәмлекетлик
шегара арқалы өткериў пунктлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге
өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында протокол;
– Пуқаралардың
өз-ара келип-кетиўлери ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге протокол;
– Қырғыз
Республикасының Ыссықкөл ўәлаяты аймағында жайласқан курорт-рекреация хожалығы
объектлери ҳаққындағы келисимге протокол;
2026-2027-жылларға
мөлшерленген мәденият тараўындағы илажлар режеси;
–
2026-2027-жылларға мөлшерленген туризм тараўындағы биргеликтеги ҳәрекетлер
режеси;
– Қырғыз
Республикасы Ыссықкөл ўәлаяты Тон районында жайласқан “Бостан” пансионаты
ҳаққында шәртнама;
–
2026-2027-жылларға мөлшерленген агросанаат комплекси тараўындағы әмелий илажлар
режеси.