Өзбекстан футболында жаңа тарийх жазған өзбек уллары

    Пикир 11 маусым 2025 208

    Елимизде ҳәзирги күнлерде оғада үлкен қуўаныш, байрам кейпияты гезип жүр. Өткен ҳәптеде ўатанласларымыз муқаддес Қурбан ҳайытын белгилеген болса, арафа күни футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы жәҳән чемпионатына жоллама алғаны байрамға мүнәсип саўға болды. Бул тек ғана ўақыя емес, ал пүткил халқымыз узақ күткен тарийхый күн, мәмлекетимизде жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолындағы реформалардың қаншелли дурыс, нәтийжели екениниң айқын дәлили болып есапланады.

    Мәмлекетимиз басшысының усы күнлерде жоллаған еки қутлықлаўы ҳәр тәреплеме дыққатқа ылайық. Бириншисинде Президентимиз Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен ўатанласларымызды шын жүректен қутлықлады. Оның тынышлық ҳәм мийрим-шәпәәт байрамы екенине итибар қаратып, халқымыз арасында раўажланып атырған қайыр-сақаўат орталығын раўажландырыў зәрүр екенлигин айрықша атап өтти.

    Екинши қутлықлаў футбол бойынша тарийхый нәтийже мүнәсибети менен жолланды. Ойлаўымша, сайланды командамызға жәҳән чемпионатына жолламаны берген Өзбекстан - БАӘ ойынын барлық шаңарақ ағзалары көрди. Сол күни арападағы дуўаның қабыл болатуғынына да исеним пайда еттим. Муфтий ҳәзиретлери басшылығындағы Өзбекстан зыяратшылары муқаддес күнде футболшыларымыз ҳақына дуўа етти. Мәмлекетимиздеги ҳәр бир шаңарақ ағзалары бул пәтияға қосылып, футболшыларымызға жеңис яр болыўын тилегени гүмансыз.

    Президентимиздиң спортшыларды қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша итибарға ылайық. Бул ойынды толық тамашалағаны ҳәм бул беллесиўден соң ярым ақшам болыўына қарамастан, командамызды тарийхый нәтийже менен телефон арқалы қутлықлағаны, елимиздиң ҳәр бир пуқарасының жүрегинде оғада үлкен көтериңкилик ҳәм ўатансүйиўшилик руўхын оятқан, деп ойлайман.

    Бул нәтийжелер тосыннан емес. Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының футбол бағдары бойынша системалы реформаларының жемиси, 38 миллион халық жасайтуғын өзбекстанлылар узақ күткен жеңис бул.

    Парламент ағзасы сыпатында Президентимиздиң 2023-жыл 7-апрельдеги "Ғалабалық ҳәм профессионал футболды ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы ҳәм 2023-жыл 3-ноябрьдеги "Футбол-билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын футбол инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарларын айрықша атап өтпекшимен. Футболды буннан былай да раўажландырыў, жасларымызды усы спорт түрине кеңнен тартыў, футбол инфраструктурасын жақсылаў, әсиресе, маман тренерлерди тартыў, жасларымыз ушын футбол майданларында заманагөй шараят жаратыўға қаратылған бул ҳүжжетке муўапық, Өзбекстан футбол ассоциациясы системасында Миллий футбол орайы, Футбол бойынша республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеби негизинде Футбол сайланды командаларын таярлаў орайы, сондай-ақ, Спорт медицинасы ҳәм реабилитация орайы шөлкемлестирилди. Ҳәр бир бағдар, соның ишинде, футболға да усындай илимий-әмелий жақтан комплексли қатнас бүгин мине усындай жоқары нәтийжелерди бермекте.

    Бул ўақыя тек ғана спортшыларымыз емес, ал барлық футбол ықласбентлери ушын 30 жыллық әрманлардың орынланыўы болды. 2026-жылы АҚШ, Мексика ҳәм Канадада болып өтетуғын жәҳән чемпионатында Ўатанымыз байрағы биринши мәрте халықаралық майданда көтериледи.

    10-июнь күни пайтахтымыздағы "Бунёдкор" стадионында миллий сайланды командамыздың Қатарға қарсы болып өткен топардағы соңғы ушырасыўы да айрықша итибарға ылайық. Өйткени, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Болгария Президенти Румен Радев, Словакия Бас министри Роберт Фицо ҳәм басқа да бир қатар абырайлы мийманлар менен тиккелей стадионда турып тамашагөй болған беллесиўде жигитлеримиз қарсыласын 3:0 есабында жеңип шықты.

    Бул нәтийжелер өзбек миллий футбол модели қәлиплескенин тастыйықлайды. Футболды ғалаба ен жайдырыў, жас әўладтың қызығыўшылығын хошаметлеў, жаслар арасындағы U-17, U-20 ҳәм U-23 сайланды командаларымыздың халықаралық майдандағы табысы да футболға системалы қатнас нәтийжеси болып есапланады. Комитетимиз тәрепинен усы жылдың апрель айында мәҳәллелерде спорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм спорт майданшаларынан пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша исленген жумыслардың жағдайы үйренилди.

    Үйрениўлер бүгинги күнде мәмлекет бойынша мыңға шамалас мәҳәлледе футбол майданшаларына талап бар екенлигин, жаслар арасында спорттың бул түрине қызығыўшылық жылдан-жылға артып баратырғанын көрсетеди.

    Итибарлы тәрепи, төрт жылдан берли "Бес баслама олимпиадасы" шеңберинде өткерилип атырған ғалабалық спорт жарыслары 13 спорт түри, соның ишинде, футбол бойынша да шөлкемлестирилмекте.

    Бул жарыслар қурамында Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети арнаўлы кубоги ушын мәҳәлле жаслары арасында футбол (ер балалар), мини футбол (ер балалар ҳәм қызлар арасында) бойынша жарыслар шөлкемлестирилип атырғаны, өз гезегинде, жаслардың физикалық белсендилигин арттырыўға хызмет етпекте. Бул жарысларда қатнасыў ушын дизимнен өткен жаслардың саны 2024-жылы 534 мыңды қураған болса, 2025-жылы 780 мыңнан асты.

    Саудия Арабстанында өткерилген U-17 жас категориясындағылар арасында Азия кубогинде Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы шешиўши финалда жеңиске еристи. Бул табысқа әҳмийетли үлес қосқанлар арасында команда дәрўазаманы Неъматуллоҳ Рустамжонов ҳәм ярым қорғаўшы Муҳаммадали Ҳабибуллаев сыяқлы жас қаҳарманлар бар. Олар бизиң мәҳәллемизде жасайды. Оларға усынылған Президент саўғасы - "Кобальт" автомобили мәҳәллемиз көшелери арқалы өткени ядыма түсти. Буны көрген жасларымыздың көзиндеги ҳәўес ҳәм футболға қызығыўшылық қаншелли артқанын өз көзимиз бенен көрдик. Бул тек ғана жеңис емес, ал илҳам ҳәм жаңа әрманларға жетеклейтуғын жол болып есапланады.

    Шаңарағымызда да футболды сүйиўшилик дәстүрге айланған. Ҳәптеде бир күн туўысқанлар жыйналып футбол ойнайды. Бул тек ғана саламатлық ҳәм белсенди турмыс тәризин қәлиплестирип қоймастан, ал шаңарақта аўызбиршилик ҳәм татыўлықты да беккемлейди.


    Малика ҚОДИРХАНОВА,

    Олий Мажлис Сенаты ағзасы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates