«Сөйлесиўлер ўақтында, Қытайдың виза сиясаты, еки мәмлекет пуқараларының ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ҳәм Өзбекстан –Қытай арасындағы тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны кеңейтиў өзгешелигинде пикир алысты», делинеди «Дунё» АА мәлимлемесинде.
Сондай-ақ, Өзбекстан тәрепи ушын келеси ўақытлары да консуллық –ҳуқықый тараўдағы бирге слесиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири сырт мәмлекетлер менен виза тәртибин және де еркинлестириў, атап айтқанда, виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққында келисимлерге ерисиў есапланатуғыны айтып өтилди.
Тәреплер, өз-ара нәтийжели бирге ислесиў нәтийжесинде еки мәмлекет пуқаралары алмасыўын кеңейтиў ҳәм туризм тараўын избе-из раўажландырыў бирдей мәпдар екенлигин атап өтти.
Қытай СИМ Консуллық департаментиниң Виза сиясаты ҳәм ислери басқармасы директоры Сон Шию Өзбекстандағы сиясий, экономикалық унамлы өзгерислер, әсиресе, соңғы жылларда дүнья мәмлекетлери менен визаларды либералластырыў бойынша алып барылған унамлы нәтийжелерди жоқары баҳалап, Қытай тәрепи де бул бағдардағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдарлығын билдирди.
Тараўға байланыслы алдында турған мәселелерди биргеликте шешиўге келисип алынды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.