«Өзбекестан – 2030» стратегиясын быйылғы жылдың мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде әмелге асырыўдың жағдайы ҳәм келеси жылы реформаларды және де алға қойыў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетлик басқарыўда кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыыўда Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси шеңбериндеги кейинги қәдемлер додаланды. Миллий нызамшылықты ЖСШ қағыйдалары ҳәм талаплары менен үйлестириўди жеделлестириў, сондай-ақ, мәмлекеттиң глобал рейтинглердеги орнын жақсылаў бойынша жумысларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз режелестирилген барлық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, стратегиялық реформалар күн тәртибин жаңа басламалар менен, әсиресе, мәмлекетимизде жәрияланған Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылындағы ўазыйпаларды есапқа алып және де байытыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.