Өзбекстан-Қытай туристлик бизнес-форумы өткерилди

    Өзбекстан ҳәм Қытайды әййемги Жипек жолы бойлап үзликсиз тарийхый байланыслар тутастырып турады. Мәдениятлар, дәстүрлер ҳәм қәдириятлардың уқсаслығы да бирлестиреди.

    Ташкентте Қытай Халық Республикасының туризм секторы ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум шөлкемлестирилди. Бул форум Өзбекстанның туристлик потенциалын Қытайды үгит-нәсиятлаў ҳәм Өзбекстан-Қытай туризм санааты ўәкиллери арасындағы исбилерменлик байланысларын беккемлеўге бағышланды.

    Атап өтилиўинше, быйыл 18-декабрьден баслап Ташкент ҳәм Хайнань қалалары арасында турақлы авиарейслер жолға қойылады.

    Форум даўамында Өзбекстан ҳәм Қытай тәреплери ўәкиллери арасында Б2Б форматындағы ушырасыўлар болып өтти. Онда қатнасыўшылар тәрепинен туризм тараўының бүгинги жағдайы додаланды. Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары үйренип шығылды, Өзбекстан ҳәм Қытай туризм компаниялары арасында бир қатар шәртнама ҳәм келисим меморандумларына қол қойылды.

    – Быйылғы жылдың 10 айлығында Қытай Халық Республикасынан Өзбекстанғы 60 мыңға шамалас турист келген, – дейди Хайнань туризм бағдарының басшысы Лиу Фангху. – Жыл ақырына шекем бул көрсеткиш және де артыўы күтилмекте. Онда Өзбекстан ҳәм Қытай арасында туризм тараўында жолға қойылып атырған еки тәреплеме қатнасықлар да айрықша орын тутады. Қытайда елиңиздиң тарийхый орынлары, бай мәдений мийрасы ҳәм гөззал тәбияты менен жақыннан танысыў мақсетиндеги адамлардың саны артып баратырғанын атап өтиў керек. Бул болса еки тәреплеме туристлер алмасыўында пайдалы болып табылады.

    Соңғы жыллары Қытай ҳәм Өзбекстан арасында саўда, экономикалық, туризм ҳәм басқа бағдарларда еки тәреплеме байланыслар беккемленип баратырғанын атап өтиў керек. Усы ушырасўлардан тийкарғы мақсет еки тәреп исбилерменлик субъектлерин таныстырыў ҳәм мәмлекетимизге Қытайдан туристлер ағымын арттырыў.

    Өзбекстан-Қытай туристлик бизес-форумы еки мәмлекет ўәкиллери арасындағы исбилерменлик байланысларын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды. Форум қатнасыўшыларына бирге ислесиў ҳәм инвестициялар ушын жаңа имканиятларды үйрениў ушын платформа берилди. Бул илаж Өзбекстан туризм индустриясының жоқарылаўы ҳәм раўажланыўына, мәмлекетимиздиң дүнья туризм базарындағы статусын беккемлеўге хызмет етеди.