Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.Атап өтилгениндей, быйылғы байрам ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Бийлиги тийкарында «Конституция — еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!» деген тийкарғы идея астында барлық орынларында кең түрде белгиленбекте. Баслы Нызамымыз тийкарында халқымыз елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиў менен бирге, бахытлы ҳәм абадан келешекке беккем исеним менен қәдем қоймақта. Жақында болып ѳткен Парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўларда халқымыз белсене қатнасқанын, оларда ертеңги күнге деген жуўапкершилик сезимлериниң және де күшейгенин айрықша атап өтиўимиз мүмкин.Бас Нызамымыз болған Конституциямыз жаратып берген имканиятлар тийкарында халқымыз ертеңги абадан турмыс жолында бир қатар табысларға, экономикамыздың барлық тараўларында унамлы нәтийжелерге ериспекте. Өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын 15 тарийхый Пәрман ҳәм Қарардың қабыл етилгени халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге ҳәм барлық тараўларды раўажландырыўға ҳуқықый тийкар жаратпақта. Бүгинги өткерилген байрам салтанатында мине усындай халқымыз ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди. Байрам салтанатлары қатарында ҳәр жылы дәстүрге айланған өз кəсибине пидайылығы ҳәм дөретиўшилик табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар заманласларымыз, халқымызға өрнек болып атырған кѳше бийлери ҳәм «Еӊ үлгили кѳше бийлери» таӊлаўы жеңимпазлары мүнәсип хошаматленди. Сондай-ақ, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформаларды, өзгерислер менен жаӊаланыўларды үгит-нәсиятлаўда ҳәм ийгиликли дөретиўшилик ислерди халыққа жеткериўде үлес қосып атырған Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы хызметкерлериниң бир топарына мәмлекетлик сыйлық, көкирек белгилери, жумыс барысында зәрүр болатуғын автомобиль ҳәм арнаўлы техникалар тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди
Усы жылдың 8-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге арналған байрам салтанаты болып өтти.
Бәсекини раўажландырыў — Жаңа Өзбекстан реформаларының әҳмийетли тийкары
- Ҳиндстан Бас министри мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанда болады
- Өзбекстан Олий Мажлиси делегациясы парламентлер басшыларының II парламентлераралық конференциясында қатнасты
- Өзбекстан Президенти Сингапурдың үлкен министрин қабыллады
- Өзбекстанлы дзюдошылар Лозаннадағы "Үлкен Дубулға" турниринде старт алады
- Пидәкер ата-бабаларымыздың мәртлиги - мәңги ибрат үлгиси
Россияның Свердловск ўәлаятында Өзбекстан пуқаралары ушын 150 мың рубльге шекемги айлық пенен жумыс усыныс етилди
- 1-сентябрьден баслап қадағалаўшылар автобус салонларында жол ҳақысын тексереди: билетсизлерге 41 мың 200 сум жәрийма салынады
- Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығы мүнәсибети менен сырт ел пуқаралары ҳәм сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымызды сыйлықлаў ҳаққында
- Президентимиз Жаңа автомобиль жолы арқалы Хийўадан Үргеншке қайтты
- Нефт-газ базарының турақлылығын тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды
- Аймақларда жанылғы-энергетика тармағының жумысын системалы шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди