Өзбекстанда доллар курсы түсиўде даўам етпекте

    Бизнес 26 қараша 2024 14

    Өзбекстан Республикасы Орайлық банки сырт ел валюталарының өзбек сумына салыстырғанда 26-ноябрь күни әмелде болатуғын баҳаны белгиледи.

    Оған бола, доллардың рәсмий курсы 14,29 сумға түсти ҳәм 12 814,78 сумды қурады.

    Евро курсы 90,97 сумға көтерилип, 13 442,70 сум етип белгиленди.

    Россия рубли 1,41 түсип, 123,50 сумды қурады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги