Өзбекстанға емлениў ушын келгенлер саны 80 процентке көбейген

    2024-жылдың январь-октябрь айлары даўамында Өзбекстанға емлениў мақсетинде келген сырт ел пуқаралары саны 90,7 мың адамды қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 40,3 мың адамға яки 80,1 процентке көбейгенин көрсетпекте. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.

    Мәлим болыўынша, емлениў ушын барғанлардың үлкен бөлеги Тәжикстан пуқаралары болып, олардың саны 69 мың 111 ди қурады. Қазақстаннан келгенлер саны 10 мың 536 ға жеткен болса, Қырғызстан Республикасынан келген қоңсыларымыздың саны 8 мың 464 ти қурады.

    Сондай-ақ, Россиядан 1606, Түркменстаннан 764 ҳәм Аўғанстаннан 388 пуқара емлениў ушын Өзбекстанды таңлаған. Буннан тысқары, Түркия ҳәм Украинадан сапарлар тийислисинше 36 ҳәм 16 ға жеткени анықланған.

    АҚШ ҳәм Әзербайжаннан келгенлер саны сәйкес түрде 13 ҳәм 12 ни қурады. Сондай-ақ, басқа мәмлекетлерден 65 пуқара емлениў ушын Өзбекстанға барған. Бул мәмлекетлерден келгенлер саны салыстырмалы киши болса да, Өзбекстанның глобал дәрежеде медициналық туризм орайы сыпатында танылыўын көрсетеди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.