Ҳүжжетке муўапық, қысқы дем алыс 2025-жыл 28-декабрьден басланады ҳәм 2026-жыл 10-январьға шекем даўам етеди.

Студент ҳәм оқыўшылардың қысқы дем алыс дәўиринде турақлы жасаў мәнзиллерине (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) барыўына қолайлық жаратыў мақсетинде Транспорт министрлиги, "Өзбекстан темир жоллары" АЖ ҳәм «Uzbekistan Airways» АЖ менен биргеликте қосымша имканиятлар жаратылады.

Оған бола, 2025-жыл 18-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем студент ҳәм оқыўшылар ушын жол билетлерин 50 процентлик шегирме менен сатыў жолға қойылады.