Зидан Франция сайланды командасы тарийхында 18-бас тренер болды. Оның шәртнамасы төрт жылға - 2030-жылғы жәҳән чемпионатына шекем мөлшерленген. Қәниге өз ўазыйпасын рәсмий түрде 1-августтан баслайды. Зиданның тренерлер штабы қурамы сентябрь айының басында жәрияланады. Зидан басшылығындағы дәслепки ойынды 25-сентябрь күни Миллетлер Лигасы топар басқышының биринши турында Франция сайланды командасы Түркияға қарсы сырт елде өткереди, деп жазады “ria.ru”.

"Мен көп айттым: Франция сайланды командасынан жоқары нәрсе жоқ. Соның ушын бул командаға бас тренер болыў мен ушын үлкен қуўаныш ҳәм әлбетте, үлкен мақтаныш. Бул да үлкен жуўапкершилик. Мен FFF президенти Филипп Диаллоға, атқарыў комитети ҳәм Франция футбол федерациясына исеним ушын миннетдаршылық билдиремен, сондай-ақ, Дидье ҳәм оның штабының он төрт жыллық жумысына ҳүрмет көрсетемен. Бүгин барлық устазларым ҳаққында да ойлайман. Франция сайланды командасы бойынша үлкен умтылысларым бар екенлигин айтыўдың қәжети жоқ!" - деди Зидан.

Зидан 2012-жылдан берли Франция сайланды командасын басқарып келген ҳәм 2026-жылғы жәҳән чемпионатынан кейин командадағы жумысын жуўмақлаған ўатанласы Дидье Дешамның орнына келди. Оның басшылығында "үш реңлилер" жәҳән чемпионы (2018), жәҳән (2022) ҳәм Европа (2016) чемпионатларының гүмис медаль ийелери болды. Футболшылар сыпатында Зидан ҳәм Дешам Франция сайланды командасына жәҳән (1998) ҳәм Европа (2000) чемпионатларының алтын медалларын алып келди.