Өзбекстан Республикасының Конституциясы бас нызамымыз болып, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийнлеўде ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Конституция қабыл етилген байрам сәнеси быйыл ҳәр жылғыдан да көтериңки руўхта белгиленбекте.
Әзиз дослар!
Бəршеңизди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген байрам сәнеси менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы.