Замин технопаркинде дәслепки кәрхана иске қосылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 22-июль күни Жиззақ ўәлаятына барып, Замин технопаркиндеги арнаўлы санаат зонасын барып көрди.

    Бул комплекстиң қурылысын өткен жылы 27-июньде мәмлекетимиз басшысы баслап берген еди. 400 гектарда қурылып атырған технопаркте қытайлы инвесторлар менен биргеликте 1 миллиард 200 миллион долларлық 31 жойбар әмелге асырылады.

    Өткен дәўирде зәрүр инфраструктура ҳәм имаратлар қурылды. Жақында биринши кәрхана - “Xinjiang Honglin Tiandi” компаниясы тәрепинен баҳасы 10 миллион долларлық бетон өнимлерин таярлаў жойбары иске қосылды. 60 адамның бәнтлиги тәмийинленди.

    Ҳәзирги күнлерде 42 миллион долларлық екинши жойбар бойынша жумыслар жуўмақлаўшы басқышта. Онда “Midea” бренди астында жылына 300 мың дана турмыслық электр техникалары ислеп шығарылады. 150 жумыс орны ашылады.

    Мәмлекетимиз басшысына усы ҳәм гезектеги жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Биринши басқышта арнаўлы санаат зонасына 9 жойбар жайластырылған. Бүгинги күнде дерлик 300 миллион долларлық және 7 жойбар бойынша қурылыс жумыслары даўам етпекте. Оларда қурылыс материаллары, конструкциялар, электр техникасы ҳәм химия өнимлери ислеп шығарылады, логистика ҳәм тренинг орайы шөлкемлестириледи.

    Улыўма, санаат зонасындағы барлық жойбарлардың нәтийжесинде дерлик 5 триллион сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылады, 15 түрдеги жаңа өним өзлестирилип, 70 миллион долларлық экспорт потенциалы жаратылады. Ең әҳмийетлиси, 5 мыңнан аслам пуқара жумыслы болады.

    Президент инвесторларға жәрдемлесип, жойбарларды тезлестириў бойынша көрсетпелер берди. Санаат тараўларына сай қәнигелер таярлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates