Бул технопарк 400 гектар майданда қурылмақта. Биринши басқышта 9 жойбар бойынша жумыслар басланған. Енди екинши басқыш шеңберинде және 5 жойбар қәлиплестирилген.
Соның ишинде, “Longze Investment Group” компаниясы менен биргеликте қәўипсизлик ҳәм медицина техникалары, “Foxit” компаниясы менен ноутбук, планшет, сервер, роутер сыяқлы заманагөй өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мөлшерленбекте. Сондай-ақ, былғары ҳәм спорт аяқ кийимлери, қурылыс материаллары, фарфор ыдыслар, химия өнимлери бойынша жойбарлар нәзерде тутылған.
Олардың улыўма баҳасы 250 миллион доллар әтирапында болып, жоқары баҳалы товарлар ислеп шығарылады. Таяр өнимлердиң дерлик 70 проценти сыртқы базарға бағдарланады.
Жиззақ ўәлаятында сырт ел инвестицияларының муғдары жылдан-жылға өсип бармақта. 2018-жылы ўәлаятта тек ғана 18 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилген болса, өткен жылы бул сан 1 миллиард доллардан артқан. Соңғы сегиз жылда ўәлаятқа 3,7 миллиард доллар инвестиция киргизилген,
4 мыңнан аслам санаат кәрханалары иске қосылған. Сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 260 тан артқан.












