Бағдарға қарап резидентура еки жылдан бес жылға шекем даўам етеди. Шаңарақлық шыпакерлик бойынша оқыў еки жыл, хирургия бойынша болса бес жыл болады.

Жоқары оқыў орынларына клиникалар байланыстырылып, "университет клиникасы" системасы енгизилген. Енди медицинадағы илимий изертлеўлердиң 80 проценти жоқары оқыў орынларының клиникасында болыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

Изертлеўлерде диагноз анықлығын арттырыў, емлеў нәтийжесин жақсылаў ҳәм асқыныўларды азайтыўға итибар қаратылады.