Oilprice.com мағлыўматларына бола, 26-октябрь күни азанда Brent маркалы нефтьтиң бир баррели 1,81 процентке арзанлап, 114,61 долларға түсти.

Американың WT маркалы нефтиниң баҳасы 2,07 процентке төменлеп, бир баррели 101,13 долларды қурады.

Россияның Urals маркалы нефти болса 4,61 процентке қымбатлап, бир баррели 106,24 долларға жетти.

Өткен ҳәптениң ақырында ҳусийлердиң Саудия Арабстанына ҳүжимлеринен соң нефть баҳасы көтерилген еди. Оған нефть жеткерип бериў қыйынласыўы мүмкинлиги ҳаққындағы қәўетерлер себеп болды, деп хабар берди Kazinform.